Усы жылдың 20-май күни саат 23:35 лерде Қоңырат районынан өтетуғын автомагистраль жолында ҳәрекетленип баратырған 56 жаслы Тәжикстан Республикасының пуқарасы С.С. басқарыўындағы «DAF» маркалы автомашинаның тиркемесинде өрт жүз берген.

Көрилген илажлар нәтийжесинде өрт өширилген. Өрт ақыбетинде жүк автомашинасының тиркемеси ҳәм оған жүкленген турмыслық техникалар толық өртенип зыянланған. Жарақат алғанлар жоқ.

Өрттиң келип шығыў себеби ҳәм келтирилген материаллық зыян муғдары анықланбақта. Сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.