Усы жылдың 22-май күни саат 12:12 лерде Беруний районы «Шаббаз» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан өткен 4Р 121-жолының 4-5 километринде ҳәрекетленип баратырған пуқара Н.Ж. басқарыўындағы «Cobalt» маркалы автомобилинде өрт пайда болғаны ҳаққында районлық Өрт қәўипсизлиги бөлиминиң дипетчерлик хызметине хабар келип түскен.

Хабарға тийкарланып ўақыя орнына оператив түрде 2 өрт өшириў бөлимшелери жетип барған. Бөлимшелер саат 12:17 лерде ўақыя орнына жетип барғанда автомобиль толық өртенип атырғаны анықланған. Көрилген оператив ҳәрекетлер нәтийжесинде өрт саат 12:21 лерде сапластырылған. Дене жарақатын алғанлар ҳәм қайтыс болғанлар жоқ.

Өрттиң келип шығыўына автомобильдиң мотор бөлиминдеги электр сымларының қысқа тутасыўы себепши болғаны болжанбақта.

Материаллық зыян муғдары анықланбақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы