Өзбекстан Республикасында жасларға байланыслы мәмлекетлик сыясаттың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, өсип киятырған жас әўладтың талантларын жүзеге шығарыў, олардың интеллектуал билим дәрежесин еледе жоқарылатыў, ана Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў мақсетинде усы жылдың 15-май күни пайтахтымыздағы Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрында «Ең үлгили класс сәрдарлар кеңеси» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти. Бул ҳаққында бизге Өзбекстан жаслар аўқамы ҚР Кеңеси бас қәнигеси А.Абибуллаев хабар берди.

Таңлаўға Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқышларында жеңимпаз болған 1-7-класс сәрдарлары арасында 5 команда ҳәм 8-11-класс сәрдарлары арасында 5 команда – улыўма 10 команда қатнасып, өз билимлерин, оқыў даўамында алған тәжирийбелерин ҳәр қыйлы көркем шығыўлар арқалы көрсетип берди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.