Усы жыл 7-апрель күни Нөкис қаласының Ғәрезсизлик майданында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң шегара бөлимлеринде хызмет ететуғын 2019-жылғы шақырыўдағы 280 нен аслам мүддетли әскерий хызметкерлердиң ант қабыл етиў мәресими болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Арқа-Батыс әскерий округи, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, әскерий бөлимлердиң басшылары, Жаслар аўқамының ҳәм басқа да тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң ўәкиллери, мүддетли әскерий хызметкерлердиң ата-аналары, туўған-туўысқанлары қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Арқа-батыс әскерий округиниң штаб баслығы Қ.Зоидов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, әскерлерди ант тапсырыўы менен қызғын қутлықлап, Ўатанға шын кеўилден хызмет етиўге шақырды.

Сондай-ақ, илаж даўамында  2018-жылғы шақырыўдағы бир қатар мүддетли әскерий хызметкерлерге олардың ата-аналарының қатнасында жоқары оқыў орынларына кириў ушын жеңиллетилген усыныслары, «Чегара қўшинлари аълочиси» көкирек белгилери ҳәм МҚХ басшылығының «Миннетдаршылық хатлары» тапсырылды.

– Мен өткен жылы бул жерге әскерликте хызмет етиў ушын Бухара ўәлаятынан келген едим. Барлық шараятлар жаратылғаны ушын, бул жердеги хызмет өтеў дәўиримде қыйналмадым, бир қатар дослар арттырдым. Бир жыл көзди ашып-жумғанша өтип кетти. Көп нәрсени үйрендим. Жақсы хызмет етиўге умтылдым. Бүгин «Чегара қўшинлари аълочиси» көкирек белгиси менен сыйлықланғанымнан оғада қуўанышлыман. Ҳәзирги Ант қабыл етип атырған әскерлерге хызметлеринде үлкен табыс тилеймен,-дейди мүддетли әскер Х.Ҳамраев.

Илажда 2019-жылғы шақырыўдағы әскерий хызметкерлердиң сап таярлығы, қол урысы бойынша сахналық шығыўлары, хызмет ийтлериниң имканиятлары көрсетилип, көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери)