Жыл басынан усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги хызмети тәрепинен 146 өрт есапқа алынып, сапластырылды. Бул өртлердиң өткен жылдың усы ўақтына салыстырғанда 26,7% ке азайғанын көрсетеди. Өткен жылы усындай ўақытта 199 өрт есапқа алынған еди.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги басқармасының аға инженери, лейтенант Айбек Әбдирахмановтың бизге мәлим етиўинше, ҳәзирги ўақытта өрт қәўипсизлиги хызметкерлери тәрепинен өртлерди тез сапластырыў ушын төмендеги еки фактор кесент етпекте:
Бириншиси – жасалма тосықлар;
Екиншиси – суў тәмийнаты, яғный суў алыў гидрантларының насазлығы.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги хызмети тәрепинен жәми 3 айлық есап бойынша 102 жасалма тосық анықланған болып, олардың 90 ы алып тасланған. Бирақ, соған қарамастан айырым халық жасаў орынларында, көп этажлы турақ жайларда жасалма тосықлардың халық тәрепинен өз басымшалық пенен орнатып алыў жағдайлары тоқтамай атыр. Буған тийкарғы себеп сыпатында, сол жерлерде жасайтуғын адамлар балаларының қәўипсизлигин ойлап, автомобильлерин жоқары тезликте басқаратуғын айырым адамларға қарсы жасалма тосықларды орнатып атырғанын билдирген.
Қарақалпақстан Республикасы аймағында бар болған насаз жер асты гидрантларын оңлаў ҳәм жүз берген өртлерде суў дәреклеринен үзликсиз пайдаланыўды шөлкемлестириў мақсетинде усы жылдың 8-апрель сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги басқармасында жыйналыс өткерилди.
Оған өрт қәўипсизлиги басқармасы, Түйемойын-Нөкис регионлар аралық суў қубырынан пайдаланыў басқармасы басшылары ҳәм барлық қала ҳәм районлық өрт қәўипсизлиги басқармасы ҳәм тараў ўәкиллери қатнасты. Жыйналыста жүз бериўи мүмкин болған өртлерди өз ўақтында сапластырыў ушын зәрүрли таярлықлар ҳәм халық жасаў орынларында өртке қарсы суў тармақлары, өрт өшириў гидрантлары ҳәм басқа дәреклерин саз жағдайға келтириў мәселеси көрип шығылды. Бул бойынша жыллық жумыслар жобасы ислеп шығылды.
Жоба тийкарында быйылғы жылдың өткен үш айы даўамында Ақаба суў шөлкемине қараслы 485 өрт өшириў гидранты үйренип шығылып, соның ишинде, 152 жаңа гидрант жақсы көрсеткиш белгилери менен қабыллап алынды.
Сондай-ақ, Нөкис қаласындағы 5 гидрантта насазлық анықланып, солардың үшеўи оңланды, қалған екеўин оңлаў мақсетинде 25 мәлимлеме ҳәм 25 усыныс киргизилген.
Мағлыўматларға қарағанда, Нөкис қаласы А.Пушкин көшеси 48-жай алдындағы ҳәм Қарақалпақстан көшеси 31-мектеп алдындағы гидрантларға оңлаў жумыслары алып барылыўы керек.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.