Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили П.Буриан басшылығындағы делегация ҳәм Глобаллық жасыл өсиў институты бас директорының орынбасары Х.Ким Арал теңизи аймағында болды. Бул ҳаққында «Дарё» хабар берди.
Сапар шеңберинде Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы қатнасықларды раўажландырыў, Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарындағы траст фонды шеңберинде бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланған.
Хабарда жазылыўынша, Халықаралық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў бас басқармасы 2021-2027-жылларда өз итибарын Европа Аўкамы бюджетинен Арал бойы ушын қаржы ажыратыўға қаратады. Сондай-ақ, Европа Аўқамы Аралдың қурыў ақыбетлерин сапластырыў ушын аралас қаржыландырыў механизмин әмелге асырыў ушын грант қаржыларын ажыратыўды үйренбекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги