Жақында Шоманай районындағы агроэкономика кәсип-өнер колледжинде O’zLiDeP  Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси жанындағы «Сиясий билимлендириў» орайы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 26  жыллығы байрамы мүнәсибети менен «Констутуция-бахтымыз таянышы»  атамасында илаж болып өтти.

Оған партияның ҳәм ишки ислер уйымларының хызметкерлери, депутатлар, тийисли шөлкем ўәкиллери, колледж оқытыўшылары менен оқыўшы-жаслар қатнасты.

– Бас Нызамымыз елимиздеги сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм гуманитар тараўларды демократияластырыў, жәмийет ҳәм мәмлекетти модернизациялаў бойынша әмелге асырылып атырған тарийхый өзгерислерге, әсиресе, парламентлик ҳәп көп партиялылық тийкарларын қәлиплестирилиўи ҳәм беккемлениўине, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўдиң нызамлы тийкары жаратылыўына ҳуқықый тийкар болып есапланады, – дейди  O’zLiDeP  Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң аппарат баслығы Ш.Өтемисов. – 6 бөлим, 26 бап ҳәм 120 статьяны өзинде сәўлелендирген нызамымызда инсан ҳәм пуқаралардың тийкарғы ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм миннетлери, мәмлекетлик ҳәкимият, жәмийет ҳәм шахс, жәмийеттиң экономикалық ҳәм сиясий ҳуқықлары беккемленип қойылған.

Илаж даўамында  тараў ўәкиллери бүгинги күнде елимизде нызамшылық шеңберинде алып барылып атырған кең көлемли реформалар бойынша кең түрде мағлыўмат берип өтти. Сондай-ақ, Конституциямыздың бөлим ҳәм статияларының мазмун-мәниси бойынша жасларға кеңнен түсиник берилди.

Илажда колледж жаслары арасында сораў-жуўап өткерилип, зийрек жасларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған естелик саўғалары тапсырылды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы