Усы жыл 6-апрель күни Хожели районындағы «Шағалакөл» мәкан пуқаралар жыйынында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариевтиң басшылығында пуқараларды көшпели қабыллаў болды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Хожели районлық Халық қабыллаўханасы тәрепинен шөлкемлестирилген илажға министрликлер менен мәкемелердиң, ҳуқық қорғаў уйымларының, районның сектор басшылары, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Илаж даўамында 50 пуқара 65 мәселе менен мүрәжат етти. Соннан 18 пуқараның мүрәжаты сол жердиң өзинде унамлы шешимин тапты. Қәнигелер тәрепинен 8 пуқараға түсиник берилди. 39 пуқараның мүрәжаты тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренип шығылып, белгиленген мүддетте қанаатландырылатуғын болды.
-Аймағымыз турғынлары электр энергиясы тәмийнатынан көптен бери қыйналып киятырған еди,-дейди райондағы «Бунёдкор» мәкан пуқаралар жыйынынан Дүйсенбай Ержанов.-Себеби, трансформатор ескиргенлигинен электр энергиясы тез-тез үзилиске түсетуғын еди. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариевтиң қабыллаўында болып, мүрәжат еттим. Мүрәжатым итибарға алынып, районлық электр тармақлары кәрханасы тәрепинен таза трансформатор қойып берилди. Күнделикли машқаламызды унамлы шешип бергени ушын миннетдаршылық билдиремиз.
Усы күни көшпели қабыллаўға келген ҳәр бир пуқараның мүрәжаты итибардан шетте қалмады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.