Усы жыл 5-апрель күни Беруний районында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының биринши орынбасары Э.Таджиевтиң басшылығында пуқараларды көшпели қабыллаў болды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен шөлкемлестирилген илажға министрликлер менен мәкемелердиң, ҳуқық қорғаў уйымларының, Беруний, Әмиўдәрья, Төрткүл ҳәм Елликқала районларының 4 сектор басшылары, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Президентимиздиң басшылығында «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи тийис»,-деген принцип тийкарында өткерилип киятырған көшпели қабыллаўлар халқымыздың күнделикли турмысында ушырасып атырған ҳәр қандай машқалалардың орынларда унамлы шешилиўине, солай етип, олардың бүгинги күннен разы болып жасаўына хызмет етпекте. Районда болып өткен гезектеги көшпели қабыллаў барысында жоқарыда атап өтилген районлардан 72 пуқара қабыл етилди. Илаж барысында 14 пуқараның мүрәжаты усы жердиң өзинде унамлы шешимин тапты. Айырым мүрәжатлар болса, тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренип шығылады ҳәм шешими қатаң қадағалаўға алынады.

-1996-жылы Түркменстаннан Өзбекстанға келин болып түсип, пуқаралығым усы күнге шекем шешилмей киятырған еди,-дейди Әмиўдәрья районынан келген Гүлшийрин Уразбаева.-Мине бүгинги көшпели қабыллаўда мениң мүрәжатым унамлы шешимин тапты. Соның менен бирге жумысқа орналасатуғын болдым. Бул ушын тийисли  басшыларға миннетдаршылық билдиремен.

Усы күни район фермерлери,  исбилерменлер тәрепинен жетистирилген аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлериниң, ислеп шығарылған үй-руўзыгершилик буйымларының көргизбеси болып, халықтың оларды арзан баҳаларда сатып алыў имканияты жаратылды. Сондай-ақ, бос жумыс орынларының ярмаркасы шөлкемлестирилип, бир неше пуқаралар, соның ишинде, жасларымыз өз қәнигеликлери бойынша жумысқа орналасты. Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен көшпели хызмет көрсетиў жолға қойылып, өз басымшалық пенен қурылған имарат ийелерине мүлк ийеси ҳуқықын бериўши ҳүжжетлер тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.