Усы жыл 5-апрель күни Жаслар орайында Нөкис қаласындағы улыўма билим бериў мектеплериниң муғаллимлери ҳәм оқыўшылары арасында китапқумарлық мәдениятын үгит-нәсиятлаўға бағышланып өткерилген «Ең китапқумар мектеп» жойбарының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, «Беруний китап дүньясы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Ш.Ахунджанов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде халқымыздың, соның ишинде, жасларымыздың руўхый дүньясын байытыў, оларды китап оқыўға қызықтырыў, руўхый-ағартыўшылық, көркем-эстетикалық талапларына жуўап беретуғын китапларды басып шығарыў ҳәм оны жеткерип бериў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң 2017-жыл 13-сентябрьдеги «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы, сондай-ақ, 2018-жыл 12-майдағы «Уллы илимпазлардың, жазыўшы ҳәм ойшылларымыздың дөретиўшилик мийрасын кеңнен үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў мақсетинде жаслар арасында китапқумарлық таңлаўларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарлары бул бағдарда әҳмийетли қәдем болды.

Атап өтилген қарарлардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша «Беруний китап дүньясы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ҳәм Ишки ислер министрликлери, Арқа-батыс әскерий округи, басқа да мәпдар шөлкемлер менен биргеликте  айтарлықтай жумыслар алып барылмақта. Усы жыл 15-февраль ҳәм 4-апрель күнлери аралығында өткерилген китап ярмаркасына Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қарслы улыўма билим бериў мектеплеринен  2500 муғаллим ҳәм 50 мыңнан зыят оқыўшы қатнасып, оларға 1100 атамадағы китап усынылды. Ярмарка даўамында 20 мыңнан аслам муғаллим ҳәм оқыўшы өзлери қәлеген китап пенен тәмийинленди.

Илажда «Ең китапқумар мектеп» жойбарының қалалық басқышында биринши орынды ийелеген 37-санлы улыўма билим бериў мектеби 1 миллион сумлық, екинши орынды ийелеген 32, 14, 39-санлы улыўма билим бериў мектеплериниң ҳәр бирине 800 мың сумлық, үшинши орынды ийелеген 7, 48, 46, 45, 43, 42, 34-санлы улыўма билим бериў мектеплериниң ҳәр бирине 500 мың сумлық сертификат ҳәм түрли атамадағы китаплар менен сыйлықланды. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў, Ишки ислер министрликлерине, Арқа-батыс әскерий округине. Ишки ислер министрлигиниң Қарақалпақ академиялық лицейине, республикалық «Бәркамал әўлад» орайының ҳәр бирине 1 миллион сумлық, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы Мәлимлеме-ресурс орайына, Жаслар орайына 250 мың сумлық сертификат тапсырылды.

-Китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў, сол арқалы жас әўладтың сана-сезимин ҳәм дүнья танымын кеңейтиў болып табылады,-дейди «Беруний китап дүньясы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Шухратжан Ахунджанов.- Бүгинги күни бир-биреўге көп берилетуғын саўға бул китап болып қалды, десек асыра айтқан болмаймыз. «Ең китапқумар мектеп» жойбары китапқумар оқыўшылардың қатарын еле де көбейтиўди өз алдына мақсет қылған.

Бундай илажлар Қоңырат, Беруний, Төрткүл ҳәм Әмиўдәрья районларында өткерилди. Келешекте қалған районларда өткериў, солай етип, жойбардың районлық басқышларының жеңимпазларын сыйлықлап барыўды режелестирип отырмыз.

Жойбар тек ғана китап жеткерип бериў менен шуғылланып қоймастан, бүгинги мектеп оқыўшысының китапқа болған талабын  ҳәр тәреплеме үйренип шығады. Соның менен бирге, миллий ҳәм дүнья әдебиятының ең сайланды үлгилерин ана тилимизге аўдарыўды, солай етип, перзентлеримизди балалығынан китапқа қызықтырыўды мақсет еткен. Ең эҳмийетлиси, жойбарда үй шараятында билим алып атырған оқыўшылар да итибардан шетте қалмады. Мектеп басшылары менен биргеликте олардың шаңарақларында болып, ҳәр бирине китап саўға етиледи.

Илаж 6-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы «Бәркамал әўлад» орайында шөлкемлестирилген китап ярмаркасы менен даўам етти.

 

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.