Усы жылдың 4-5-апрель күнлери Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»на арналған «Илим ҳәм тәлим-тәрбияның әҳмийетли мәселелери» атамасындағы республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.
Конференцияның ашылыў пленарлық мәжилисин институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры П.Калханов басқарып барды.
Илажда академик Ж.Базарбаевтың «Халқымыздың жаңа тарийхының жаңа бети ашылды», Үргениш мәмлекетлик университети профессоры Р.Раҳимов «Жергиликли шийки зат шығындылары тийкарында силикат гербишиниң жаңа қурамын ислеп шығарыў», Әндижан мәмлекетлик универститети профессоры Ш.Шаҳобиддинованың «Сөйлесиў мәдениятының кең ҳәм тар классификациясы», Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими гуманитар пәнлер илимий изертлеў институты бөлим баслығы З.Бекбергенова «Дөретиўши биографиясын үйрениўде көркем шығармалардың әҳмийети (И.Юсупов лирикасы мысалында)», институт магистранты А.Кеңесбаев «Қарақалпақстанда IT технологияларына таянып «Ақыллы китапхана» жаратыў» атамаларындағы баянатларын жасады.
Конференция социал-гуманитар илимлер, тил ҳәм әдебият, педагогика ҳәм психология, анық ҳәм техникалық ҳәм тәбийғый илимлер секциялары бойынша илимпазлар ҳәм жас илимий изертлеўшилердиң баянатлары, шығып сөйлеўлери менен даўам етти.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.