Бирден-бир портал арқалы «Ески үлгидеги миллий транспорт басқарыў гүўалықларын жаңа үлгидеги миллий транспорт басқарыў гүўалықларына алмастырыў ушын арза жоллаў» хызметиниң көрсетилиў процеслери әпиўайыластырылды, деп жазады Kun.uz.

Атап өтилиўинше, енди Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы ески үлгидеги миллий транспорт басқарыў гүўалықларын жаңа үлгидеги миллий транспорт басқарыў гүўалықларына алмастырыў ушын арза жолланғанда пайдаланыўшыларға хызметтен пайдаланыў ушын төлем тапсырмасы усынылады.

 

Хызметтен қалай пайдаланыў мүмкин?

  1. Бирден-бир портал арқалы арза бериледи ҳәм банк кассалары арқалы төлем әмелге асырылады;
  2. Пуқаралық паспорты, ески транспорт басқарыў гүўалығы, талон ҳәм төлемлер төленгени ҳаққындағы квитанцияның түп нусқалары менен тийисли Мәмлекетлик хызметлер орайына барылады;
  3. Гүўалық ушын Мәмлекетлик хызметлер орайында сүўретке түсиў (ямаса сүўретти физикалық шахслардың мағлыўматлар базасынан алыў имканы бар, яғный гүўалыққа пуқаралық паспортындағы сүўрет автоматластырылған тәризде орналастырылады);
  4. Жеке имза қойылады ҳәм жаңа үлгидеги гүўалық алынады.

 

Ескертиў: Бирден-бир портал арқалы арза жолланғаннан соң, Мәмлекетлик хызметлер орайларына төмендеги ҳүжжетлер менен мүрәжат етиў керек:

  1. Пуқаралық паспорты;
  2. Ески транспорт басқарыў гүўалығы ҳәм талон;
  3. Миллий транспорт басқарыў гүўалығын алыў ушын төлемлер төленгени ҳаққындағы банк мәкемесиниң төлем қағазы.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.