Елимиз бойлап китапқумарлықты кең ен жайдырыў ҳәм китап оқыўды үгит-нәсиятлаўға қаратылып атырған илажлар нәтийжели даўам етпекте.

«Өзим оқыған мектебиме мениң китап саўғам» акциясын қоллап-қуўатлаған Өзбекстан қаҳарманы, сенатор, археолог илимпаз Ғайратдин Хожаниязов өзи билим алған Қараөзек районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып, жеке китапханасынан китаплар ҳәм илимий, археологиялық сүўретлерин саўға етти.

Бул мектеп тоқсан жылдан аслам тарийхқа ийе билим ошағы болып, усы дәргайдан көплеген илимпазлар, халық хожалығының барлық тараўларынан жетик, маман қәнигелер жетилисип шыққанлығы жыйналғанлар тәрепинен мақтаныш пенен атап өтилди.

Сондай-ақ, илажда мектептиң бүгинги күндеги  билимлендириў тараўында қол киргизген жетискенликлерине де кең түрде тоқтап  өтти.

Ғ.Хожаниязов мектеп оқыўшылары менен сәўбетлесип, тарийх илиминиң әҳмийети, тәжирийбелери, өмир жолы ҳәм усы дәргайдан басланған илимдеги табыслары менен жетискенликлери, бүгинги күндеги изленислери ҳаққында айтып берди.

Ушырасыў даўамында оқыўшылар китаптың инсан өмириндеги әҳмийети, ол арқалы жоқары шоққыларға ерисиў мүмкинлиги ҳаққында түсиниклерге ийе болды.

Мектеп оқыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги