Үстирт газ-химия комплексиниң ҳаял-қызлары арасында «Қәнекей қызлар!» таңлаўы болып өтти.

Таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет –  комплексте мийнет етип атырған ҳаял-қызлардың руўхый дүньясын байытыў, ой-пикирин кеңейтиў, ана Ўатанға сүйиспеншилигин арттырыў, миллий мақтаныш, шүкиршилик сезимлерин қәлиплестириў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў болып, олар үш басқыш бойынша беллести.

Жәми бес қатнасыўшыдан ибарат таңлаўдың жуўмағында биринши орын Тамара Айтмуратоваға, екинши орын Талўас Жаббарбергеноваға, үшинши орын Нигора Нарымбетоваға несип етти.

– Бундай таңлаў жәмәәтимизде биринши мәрте өткерилип атыр, – дейди кәрхананың ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеминиң баслығы Рая Дәўлетназарова. – Бул жерде 70 тен аслам ҳаял-қызларымыз мийнет етпекте.  Олар өзиниң қәбилети, дөретиўшилик уқыбы менен көзге түспекте. «Қәнекей қызлар!»  таңлаўын дәстүрий тәризде ҳәр жылы өткериўди, басқа да усындай беллесиўлер шөлкемлестириўди мақсет етип отырмыз.

Жеңимпазлар баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги