Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң мәлим етиўинше, усы жылдың 10-11-апрель күнлери Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри орынбасарының Қарақалпақстан Республикасы аймақларында көшпели қабыллаўы өткериледи.

Ушырасыўлар төмендеги мәнзиллерде болып өтеди.

Нөкис қаласы ҳәм Тақыятас, Нөкис, Әмиўдәрья, Хожели районлары халқы ушын Нөкис қаласы Шымбай гүзары номерсиз жайда жайласқан қәнигелестирилген Нөкис Олимпиада резервлери мектеп-интернатында 10-апрель күни саат 10.00да.

Қоңырат, Мойнақ, Қанлыкөл ҳәм Шоманай районлары халқы  ушын Қоңырат районы Жипек жолы көшеси номерсиз жайда жайласқан Мәденият сарайында 10-апрель күни саат 15.00де.

Төрткүл, Елликқала ҳәм Беруний районлары халқының қатнасыўында Төрткүл районы Жамбас қала АПЖда 11-апрель күни саат 10.00 да.

Тахтакөпир, Караөзек, Шымбай ҳәм Кегейли районларының халқы ушын Шымбай районы Қарақалпақстан көшеси номерсиз жайда жайласқан Балалар музыка мектебинде  11-апрель күни 15.00 де өткериледи.

Усы сәнелерде ҳәм мәнзиллерде пуқаралар ишки ислер уйымларына байланыслы мәселелер бойынша мүрәжат етиў имканиятына ийе.

Қарақалпақстан хабар агентлиги