3-апрель күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының директоры Пахратдин Палўаниязов «Өзим оқыған мектебиме мениң китап саўғам» акциясын қоллап-қуўатлаған ҳалда өзи билим алған Кегейли районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып,  жеке китапханасынан 60 тан зыят атамадағы 100 ден аслам китапларды сондай-ақ, мектептиң 1-класс оқыўшыларына жазыў қуралларын саўға етти.

Өз гезегинде мектеп жәмәәти ҳәм мектеп китапханашысы Г.Бекниязова бул саўғалар ушын миннетдаршылық билдирди.

Мектеп оқыўшылары келген мийманларға өзлериниң лирикалық дөретпелеринен үзиндилер атқарып берди.

Мағлыўмат ушын, мектеп 1977-жылы пайдаланыўға тапсырылған. Ҳәзирги ўақытта мектепте 317 оқыўшы тәлим-тәрбия алмақта. Мектеп китапханасының улыўма фонды 4240 дана, соннан, әдебий китаплар 456 дананы қурайды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

(Мақаланың сүўретлери ӨзА фото хабаршысы М.ҲАБИБУЛЛАЕВ тәрепинен түсирилген.)