Израильдың «Check Point»  компаниясы экспертлери «Xiaomi»  смартфонларында жасырын түрде зыянлы программалық тәмийнатларды орнатыў имканын беретуғын қәўипли әззиликти анықлады,  делинеди «Коммерсант» хабарында.

 Қәўипли әззилик смартфонлардың «Guard Provide» қосымшасында анықланған. Мәлим болыўынша, бул программа сервер бақарыўлары менен байланысыўда қәўипли болмаған тармақларға да жалғанады. Егер смартфон басқа да қурылмалар менен бир Wi-Fi тармағына жалғанған болса, уры биймәлел ондағы мағлыўматларды қолға киргизиўи мүмкин.

ҒХҚның атап өтиўинше, ҳәзирги ўақытта «Xiaomi» ислеп шығарыўшылары өз смартфонларында анықланған кемшиликти сапластырыўға кирискен.

ӨзА