Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардан оларда сақланып атырған ислам динине байланыслы әййемги, сийрек гезлесетуғын қолжазба дөретпелерди сатып алыў тәртиби ҳаққындағы уставты тастыйықлаў ҳаққында»ғы ҳүжжеттиң жойбары жәрияланды.

Уставқа муўапық, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Имәм Бухарый халықаралық илимий-изертлеў орайы қорын физикалық ҳәм юридикалық шахсларда сақланып атырған ислам динине байланыслы әййемги, сийрек гезлесетуғын дөретпелердиң есабынан кеңейтиў менен байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 10-июльдағы 483-санлы қарарының 3-бәнтине муўапық, Орайда шөлкемлестирилген юридикалық шахс статусына ийе болмаған Арнаўлы қор қаржылары есабынан әмелге асырылады.

Сийрек гезлесетуғын дөретпелерди излеп табыў, сайлап алыў, баҳалаў ҳәм сатып алыў процеси Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларына, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қарарына және усы Устав ҳәм басқа нызам ҳүжжетлерине муўапық тәртипке салынады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.