16-март күни Нью-Йорк қаласында Американың ең тарийхы бай илимий мәкемелериниң бири дүньяның жетекши изертлеўшилер, илимпазлар ҳәм ойлап табыўшыларды бирлестирген изертлеўшилер клубының ҳәр жылы өткерилетуғын 115-жыйналысы болып өтти. Бул ҳаққында Дарё хабар берди.

Илажда 2019-жылдың жазында пүткил дүньядан 30 жетекши археолог Қарақалпақстан аймағынан табылған әййемги Хорезмниң пайтахтларының бири болған «Базар қала» тарийхый естелигин үйренетуғынлығы атап өтилди. Дәслепки есаплаўларға қарағанда, бул комплекс б.э.ш. VI-IV әсирлерге тийисли есапланады.

Изертлеў даўамында сырт елли илимпазлар сол дәўирдиң мәденияты, жергиликли халықтың мәдений өзгешеликлерин, Ахаманитлер мәмлекети менен сиясий байланыслар, сондай-ақ, көшпели турмыс тәризинен отырықшылыққа өтиў процесин үйренеди.

Америка тәрепиниң мәлим етиўинше, экспедицияның бюждети 750 мың долларды қурап, барлық қәрежетлер жиберилип атырған тәрептен төленеди. Экспедиция жумысларында НАСАның жоқары технологияларынан пайдаланылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги