Ҳиндистан. Бангалорда «Aero India-2019»  халықаралық аэрокосмослық көргизбеси даўам етпекте. Көргизбеде тараўда да жумыс алып баратуғын 400 ге шамалас компаниялар қатнаспақта. 21-февраль күни жумыс баслаған көргизбе 24-февраль күни жуўмақланады.

АҚШ. Лос-Анжелесте ярым әсир даўамында биринши мәрте қар жаўды.

Түркия. 13-февраль күни басланған 15 мәмлекеттиң әскерлериниң қатнасыўында «Қыс-2019» халықаралық әскерий шынығыўлары шеңберинде «Ашық есиклер» күни болып өтти.

Венесуэла. Жергиликли ўақыт пенен саат 20:00 де мәмлекеттиң Бразилия менен шегара аймағы жаўылды.

АҚШ. Мәмлекет Президенти Дональд Трамп пенен Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдўғон арасында Сирия мәселесинде телефон арқалы сөйлесиў болып өтти.

Перу.  5,2 магнитурадағы жер силкиниў жүз берди.

Япония. Хоккайдо атаўында жүз берген 5,7 магнитурадағы жер силкиниўи ақыбетинде 3 адам жарақатланды.

 

Зуҳра МИРЗАБОЕВА,

ӨзА