Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң шөлкемлестириўинде, пайтахтымызда мәмлекетлик уйымлардың, шөлкемлердиң басшылары ҳәм юрист қәнигелердиң қатнасында семинар болып өтти.

Онда Әдиллик министрлигиниң қәнигелери шығып сөйлеп, усы жыл 9-январь күнги Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жәмийетте ҳуқықый сананы ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм оның мазмун-мәниси туўралы кең түрде түсиник берди.

Семинарда усы пәрман менен, жәмийетте ҳуқықый сананы ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыўдың концепциясы тастыйықланып, бул жумыслар «шахс-шаңарақ-мәҳәлле-билимлендириў мәкемеси-жәмийет» принципи бойынша системалы ҳәм үзликсиз түрде шөлкемлестирилетуғынлығы атап өтилди.

Сондай-ақ, пәрманда Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясына, ғалаба хабар қуралларының жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеў бағдарындағы ролин арттырыў, бул бағдарда олардың мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары менен байланысын күшейтиў бойынша анық илажларды әмелге асырыў, Әдиллик министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте усы пәрманның мазмун-мәниси және оның әмелге асырылыўы бойынша кең түрдеги түсиник жумысларын ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет тармағы арқалы сәўлелендириў тапсырылған.

Пәрманда көрсетилгениндей, «Жоқары ҳуқықый мәденият – мәмлекетти раўажландырыўдың кепили» деген концептуаллық идея тийкарында халықтың барлық қатламлары ҳуқықый саўатлылыққа ерисиўи, жоқары дәрежедеги ҳуқықый санаға ийе болыўы және ҳуқықый билимлерди күнделикли турмыста қоллана алыўы ушын системалы ҳәм кең көлемли ҳуқықый үгит-нәсиятлаў илажларын шөлкемлестириў мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып есапланады.

Илажда нызамлар, нызам асты ҳүжжетлери, қарар ҳәм пәрманлардың қабыл етилиў тәртиплери, усыныслар бериў ҳәм басқа да нормативлик ҳүжжетлерди енгизиўдиң тәртип-қағыйдалары туўралы түсиниклер берилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Сондай-ақ, жаңадан қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлерин орынлаўшыларға жеткериў мәселеси де додаланып, қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.