Боян өсимлиги республикамыздың бийбаҳа ғәзийнелериниң бири. Оның тамыры көплеген өндирислик кәрханалар ушын үлкен әҳмийетке ийе шийки зат. Баҳасына келетуғын болсақ, халықаралық базарда боян тамырының ҳәр бир тоннасы кеминде 700-1000 долларға сатылады. Әсиресе, фармацевтикалық, кондитерлик өнимлерди ислеп шығаратуғын кәрханалар боянның тамырын таласып алады, десек те болады.

Елимизде боян тамырынан халық мәпи ушын пайдаланыў, боян плантацияларын көбейтиў бағдарында әҳмийетли илажлар әмелге асырылмақта. Нәтийжеде, көплеген пуқараларымыз усы тараўда жумыс ислеп, елимиздиң раўажланыўына үлес қоспақта.

Бирақ, «гүриш шигинсиз болмайды», дегениндей, айырым пуқараларымыз тек өз мәпин гөзлеп, пайда көриўди ойлап бундай имканиятлардан надурыс пайдаланбақта. Олар жап-салмалардың, каналлардың, пахта, салы атызларының бойларында өсип турған боянлардың тамырын 2,5-3 метр тереңликке шекем қазып, көбирек тамырға ийе болыў нийетинде оны нәрсе қалдырмай алып атыр.

Негизинде боянның тамырын қопарып алыў нормасы ярым метр етип белгиленген. Оның тамырын пүткиллей қопарып алыўға рухсат етилмейди. Себеби, оның кейин ала өсип жетилисиўи ушын тереңдеги тамыры қалдырылады.

Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң мағлыўматларына қарағанда, өткен жылдың июнь айына шекем республикамыз аймағында өткерилген оператив илажлар даўамында боян тамырын нызамсыз түрде қопарып алып, сатыў менен шуғылланыў бойынша бир қатар фактлер анықланған.

Атап айтқанда, Ҳайўанатлар ҳәм өсимликлер дүньясын қорғаў бойынша регионаллық Биоинспекция хызметкерлери тәрепинен ҳуқықбузыўшылардан 23780 килограмм боян тамыры алып қойылған, олардың мәмлекетке келтирген зыяны 40 958 672 cумға баҳаланған.

Мәселен, өткен жылы 18-январь күни  Кегейли районында жасайтуғын пуқара М.К., 12-февраль күни болса усы районда жасайтуғын Б.А. райондағы канал жағаларынан боянлардың тамырын нызамсыз қопарып атырғанлығы анықланып, М.К.дан 7200, Б.А.дан 11 мың килограмм боян тамыры айғақлық зат ретинде алып қойылған. М.К.ның мәмлекетке келтирген зыяны 12 401 280 сум, Б.А.ның зыяны 18 946 400  сумға баҳаланған.

Усындай фактлер Қанлыкөл, Шоманай, Нөкис районларында да көплеп анықланбақта. Бундай нызамбузыўшылыққа жол қойған пуқараларға тийисли шаралар көрилмекте.

Боян тамырын қопарып алыў менен шуғылланатуғын фирма ҳәм кәрханаларға тәбиятты қорғаў, боянды қопарып алыўда белгили бир тәртиплерге, яғный боянның ярым метрден төменине тиймеў, бояннан босаған орынларға қайтадан боян егиў бойынша бир қатар усыныслар берилген.

Бирақ, белгиленген нормаларға, берилген усынысларға әмел етпей, өз мәпин гөзлеген нызам бузыўшы айырым пуқараларымызға айтарымыз, қолда бардың қәдирин билип, бийбаҳа байлығымызды қәстерлеп сақлайық!

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.