Британияның «The Guardian» басылымы Өзбекстан бойлап толық гидти усыныс етти, ол бир айлық мүддетке арналған. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
Басылым өз оқыўшыларына «Уллы жипек жолының мийрасы, шөл ландшафтлары, Ташкент метросы ҳәм Самарқанд және Бухара қалаларын туристлер жаңа, қолайлы виза қағыйдалары менен хошаметленип атырған мәмлекетте» үйрениўди усыныс етпекте.
Газета сегиз қалаға барыўды усыныс етти: Ташкент, Марғылан, Әндижан, Қоқанд, Самарқанд, Бухара, Нурата ҳәм Нөкис.
Мақала авторы ҳәр бир қалаға саяхат етиў ҳаққында усыныслар берип, ол жерге қалайынша барыў, қай жерде тоқтаў, қандай аўқатлардан жеп көриў ҳәм қанша төлеў керек екенлиги ҳаққында толық мағлыўмат берген.
Автор бир күнге минимал бюджетти 20-30 фунт стерлинг (26-40 доллар) муғдарында белгилеген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги