Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-январь рәсмий сапар менен Германия пайтахты Берлин қаласына келди. Бул ҳаққыңда президенттиң баспасөз хызмети хабар бермекте.

  Тегел халықаралық аэропортыңда уллы мәртебели мийман хүрметине қараўыл сап тартты.  Елимиз басшысын Германияның рәсмий шахслары күтип алды.

02a236fe-2ceb-5047-553b-68e3a9ab6b48.jpg

Сапар етиўдиң тийкарғы илажлары 21-январьға мөлшерленген. Президентимиз Шавкат Мирзиёев Берлинде Федерал Президент Франк-Вальтер Штайнмайер, Федерал канцлер Ангела Меркель ҳәм Бундестаг Баслығы Вольфганг Шойбле менен ушырасыўлар өткереди.

Сойсиўлерде Өзбекстан менен Германия арасындағы сиясий қарым-қатнасты беккемлеў, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм финанслық бирге ислесиўди раўажландырыў, мәдений-гуманитарлық, илим-билимлендириў ҳәм туризм тараўларындағы байланысларды жеделлестириў сыяқлы  мәселелерди додалаў нәзерде тутылған.

22-январь күни Мюнхен қаласында Баварияның Бас министри Маркус Зёдер ҳәм Германияның жетекши компания ҳәм банклериниң басшылары менен ушырасыўлар өткериў режелестирилген.

  ӨзА