Өзбекстан Мәденият министрлиги орайлық аппараты қурамына киретуғын басқарма басшылары ҳәм журналистлер қатнасыўында 8-январь күни болып өткен конференцияда Қарақалпақстандағы Шамун Набий мавзолейи бузып тасланғаны ҳаққындағы фактти тастыйықлады, деп жазады Daryo.uz.

«Новости Узбекистана» интернет-басылымының хабаршысы Евгений Грандениң көшпели комиссияның жумыслары ҳәм өткерилген тарийхый-көркем, тарийхый-архитектуралық экспертизалардың нәтийжелери ҳаққындағы сораўына мәденият министриниң орынбасары Камола Акилова XII әсир архитектурасы тарийхый естелигиниң бузып тасланыўы бойынша факти, тилекке қарсы, тастыйықланғанын мәлим етти.

«Шамун Набий мавзолейи орнында имараттың жаңа нусқасы пайда етилди. Бул 2017-жылы әмелге асырылды», – деген Камола Акилова.

Тарийхый естеликтиң жоқ етилгени ҳаққындағы биринши мағлыўмат ҒХҚларда өткен жылдың октябрь айында пайда болды. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги Тарийхый мийрас объектлерди қорғаў бойынша бас илимий-өндирислик басқармасы Қарақалпақстан Республикасы бойынша аймақлық мәмлекетлик инспекциясы баслығы Қуўанышбек Шарипов «Халқ сўзи Онлайн» басылымына берген түсиндирмесинде имараттың бузып тасланғанын мәжбүрий шара деп атаған. Оның сөзлерине қарағанда, еки гүмбез дерлик толық ўайран болған, пахса дийўаллар болса жуқарып кеткен. Шариповтың пикиринше, естеликти дәслепки көринисинде қалдырыў ўақыттың өтиўи менен оның толық ўайран болыўын аңлатар еди.

«Шөлкемлестирилген комиссия соло рында болып, мавзолейдиң жаңа имаратын қурыў бойынша жумысларды өткериў ҳаққында қарар қабыл етти. Жумыслар «Мерос чашмаси» жойбарлаў шөлкеми тәрепинен алып барылды. Қурылыс жумыслары өткен жылдың бәҳәринде басланып, жаңа дийўаллар, гүмбезлерди қурыў, аймақты абаданластырыў, баҳадыр Шамун Набий жерленген дахманы реконструкциялаўды өз ишине алды», – деген Қуўанышбек Шарипов.

Шамун Набий мавзолейиниң бузылғаны ҳаққындағы мағлыўматты археолог, тарийх илимлериниң кандидаты Октябрь Доспанов та тастыйықлады. Мавзолей 1964-жылы Нөкистиң шетки бөлегиндеги қазыў жумыслары даўамында табылған еди.

«Мавзолейдиң бузып тасланыўын түсингенимизде, буның алдын алыўға ҳәрекет еттик, бирақ бизлерге барлық рухсатларды өз ишине алған ҳүжжетлердиң бир папкасын көрсетти», – дейди Октябрь Доспанов.

Имаратты бузыў ҳәм жаңасын қурыўға айланған реконструкцияға Мәденият министрлиги тәрепинен рухсат берилген. Естеликти «жаңалаў» менен Қуўанышбек Шарипов шуғылланған.

Daryo.uz сайтының жазыўынша, басқарманың өзи ҳәр қыйлы ҒХҚлардағы мақалалардан соң Шамун Набий мавзолейиниң бузылғанын бийкарлап келди. 2018-жылдың ноябрь айы басында мәденият министри дерлик жабық баспасөз конференциясын өткерип, онда министр орынбасары Камола Акилова мавзолейди ҳеш ким бузып тасламағанын, оның ўайран болмаўы ушын жаңа қурылма менен қапланғанын мәлим еткен еди. Тарийхый әҳмийеттиң жоқ етилгени бойынша факт аз да болса да тән алынды, себеби Шамун Набий Миздақхан комплексиниң бир бөлеги еди.

Сол ўақытта басқарма арнаўлы комиссия шөлкемлестирилип, ол Өзбекстанның барлық қалаларын айланып шығыўы ҳәм ҳәр бир естеликти көзден өткериўи және өз усынысларын бериўин мәлим еткен.

Нөкиске болған сапардан соң министрлик жүз берген ҳәдийседе айыпкерлер нызамшылыққа муўапық жазаланатуғынлығын атап өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги