Ҳәр жылы елимизде жаңа жыл мүнәсибети менен өткерилетуғын «Президент шыршасы» байрамы балаларымыз асығыслық пенен күтетуғын сәнелердиң бири болып табылады.
Бул байрам қарсаңында социаллық қорғаўға мүтəж болған шаңарақлардың перзентлерине Президент саўғаларының тапсырылыўы кишкене балаларымыздың кеўиллерин қуўанышқа бөлейди.
Республикамыздың басқа аймақларында болғаны сыяқлы, Елликқала районында да «Президент шыршасы» байрамы көтериңки кейпиятта белгиленип өтилди.
Мәмлекетимиз басшысының келешегимиз ийелерине көрсеткен меҳир-итибары ҳәм ғамқорлығын сәўлелендириўши бул байрамға елликқалалы балалар менен бирге, райондағы сектор басшылары, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң жуўапкер ўәкиллери қатнасты.
Кешеде район ҳәкими Валижон Ниязимбетов балаларды жаңа жыл байрамы менен қутлықлап, олардың жақсы билим алып, келешекте «Үшинши Ренанссанс»тың мүнәсип әўладлары болыўына тилеклеслик билдирди.
Буннан соң район аймағында жасаўшы шаңарақлық балалар үйи тəрбияланыўшылары, ата-анасынан ерте айырылған, ата-аналары Ўатанымыз шегараларын қорғаўда қурбан болған балалар ҳәм басқа да социаллық қорғаўға мүтəж болған шаңарақлардың перзентлери ушын «Президент саўғалары» салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Районлық мәденият бөлими ҳәм талантлы балалар тәрепинен таярланған театрластырылған байрам илажы болса, елликқалалы балаларға көтериңки кейпият бағышлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы