Быйылғы жылы Өзбекстанда ири қалалар арасында жаңадан турақлы түрде қалалар аралық автобус қатнаўлары жолға қойылады. Бул ҳаққында 2019-2025-жылларда туризм тараўын раўажландырыў концепциясында келтирилген, деп жазады Kun.uz.

Жаңадан турақлы түрдеги жөнелислер үш үлкен жөнелисте пайда болады: «Ташкент-Самарқанд-Бухара-Хийўа-Нөкис», «Ташкент-Гүлистан-Жиззақ-Самарқанд-Қаршы-Термиз», «Қоқанд-Ферғана-Әндижан-Наманган».

Сондай-ақ, концепция республика регионлары арасында авиақатнаўларды раўажландырыў, темир жолларды жетилистириў ҳәм жаңаларын қурыў, сондай-ақ, тезжүрерэлектропоездлерден пайдаланыўды кеңейтиўди нәзерде тутады.

Барлық илажлар нәтийжесинде аймақлар арасында ишки саяхатшылар ағымы жылына 14 миллион адамнан 25 миллион адамға шекем көбейиўи күтилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги