Елимизге Жаңа жыл байрамы жақынласқаннан бәршениң жүзинде күлки, кеўиллерден байрам қуўанышлары жай алған. Пайтахтымыз өзгеше байрам қушағында. Түнги рәңбә-рәң жақтыландырыўшы шырақлар Нөкистиң шырайына-шырай қосып тур. Орайда орнатылған  шырша ағашы көрген көзди қуўандырады. Балалардың қуўанышында шек жоқ.

2018-жыл жуўмақланып, жаңа 2019-жылға қәдем қоймақтамыз. Хош, өтип баратырған жылда қандай жетискенликлерге еристик? Жаңа жылда қандай режелеримиз бар, бул сораўды ҳәр бир адам  ойланыўы тәбийий жағдай. Биз Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының  актёры ҳәм режиссёры Марқабай Үсеновтың бул ҳаққындағы ойлары менен ортақластық.

– Бул жыл театрымызда көплеген спектакльлер сахналастырылды. Атап айтқанда, усы жыл Қырғызстан Республикасының Бишкек қаласында Шыңғыс Айтматов туўылғанының 90 жыллығы мүнәсибети менен «Айтматов ҳәм театр» атамасында халықаралық театрлар фестивалына «Теңиз жағалап жортқан тарғыл көпек» шығармасы тийкарында исленген «Лувр үйреги» спектакли менен қатнасып, 3-орынды ийелеген болса, усы спектакль менен Ташкент қаласында «Дебют-2018» V республикалық фестивалында бириншиликти ийелеп қайтты.

Жеке дөретиўшилигимде белгили жазыўшы Ш.Айтматовтың «Жамила» спектаклин сахналастырдым. Өткен жылы К.Рахмановтың «Муҳаббат самалы» музыкалы драмасын биринши мәрте сахналастырған болсам, бул жыл белгили жазыўшы Шыңғыс Айтматовтың «Жамила» спектаклин сахналастырдым, бул режиссура тараўындағы екинши дөретиўшилик жумысым болды.  Менимше, бул жыл да нәтийжесиз жыл болмады. Халқымызға тилегим, аспанымыз ашық, елимиз тыныш болсын. Халқымызға мол ырысқы-несийбе, бахыт, табыс тилеймен. Театрымызда жақсы қунлы дөретпелер сахналастырыла берсин.

Жаңа жыл қарсаңында театрымыз сахнасында «Жаңа жыл аршасы» атамасындағы театрластырылған байрам тамашасы қойылмақта.

 

Сәўбетлескен: Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.