Нөкистеги 22-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, балетмейстер Дәўлетбай Юсуповтың 75 жыллығына бағышлап еслеў кешеси өткерилди.

-Кешеге аяқ ойын өнериниң шеберлери, Д.Юсуповтың жолын жаңалап киятырған шәкиртлери келип, өзлериниң талантын, соның менен бирге уллы устазға болған ҳүрметин көрсетти. Олар ҳәм устаздың шаңарақ ағзалары бундай илажлардың өткерилиўи дәстүрге айланғанлығынан қуўанышқа бөленбекте. Ол үлкен педагог, устаз, шөлкемлестириўши, балетмейстер, сазенде, бақсы ҳәр тәреплеме талантқа бай инсан еди, – дейди кәсиплеси, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери Жолдасбай Турдымуратов. – Бүгинги күнде оның  қарақалпақ ойын өнерине қалдырған мийрасын,  атын мәңгилестириў мақсетинде китап шығармақшымыз.

Д.Юсупов 1943-жылы Шоқтораңғыл аўылында туўылып, сол жердеги мектепте оқыды. Ол балалық ўақтынан Қудайберген, Тарабай бақсылардың жанында болып, бақсышылықтың сырларын үйрениўге ҳәрекет еткен. Мектепти питкергеннен соң Әбдирейим Султановтың «Халық сазлары» ансамблинде сазенде болып иследи. Қарақалпақстан халық артисти, балетмейстер Иван Прощенко оны Ташкент мәмлекетлик хореография училищесине оқыўға алып кетеди. Арадан сегиз жыл өтип, ол балет артисти қәнигеси сыпатында қайтып келеди. 1969-жылы Нөкис көркем өнер училищесинде муғаллим болып жумыс баслайды. Усы жерде 30 жылдан аслам ўақыт мийнет етип жүрип, соның менен бирге «Қырық қыз», «Сүймегенге сүйкенбе» шығармаларын, рус жазыўшысы Александр Пушкинниң «Цыганлар» поэмасының мотиви тийкарында исленген С.Рахманиновтың «Алеко» операсын сахналастырды.

Тек Қарақалпақстанның емес, ал Өзбекстанның, Қазақстанның ҳәм басқа да республикалардың көпшилик балетмейстерлери  Д.Юсуповтың мектебинде тәлим алды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.