Музейлер-халық мийрасының бай ғәзийнесы болып, онда бүгинги күнге шекем өтмишти көз алдымызда сәўлелендиретуғын қол өнери дөретпелериниң кестешилик үлгилери сақланбақта.
Бундай дөретпелер бир неше әсирлик тарийхқа ийе болып, ата-бабаларымыздың бизге қалдырған бийбаҳа миллий мийраслары саналады. Бүгинги күнде усындай мийрасларды үйрениў ҳәм қайта тиклеўге айрықша итибар берилип, өнерли инсанларға елимизде көплеген мүмкиншиликлер жаратылмақта.
Жақында пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде «Миллий мийрасларды қайта тиклеў» атамасындағы көргизбеси ашылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы «Өнермент» бирлеспеси ағзалары Жулдыз Срашова ҳәм Гүмисай Раметуллаевалардың нағыслы миллий кийимлер топламы қойылды.
Бул шебер қызлар қарақалпақ кестешилигиндеги нағыслардың атамасын, сабақ реңлерин, тигис усылларын дурыс сақлаған ҳалда қайта тиклеп, бул бағдарда айтарлықтай жетискенликлерге ериспекте.
Көргизбеде олардың айрықша шеберлик пенен нағыслап тиккен көк көйлек, пашшайы көйлек, келиншек көйлеклердиң бир неше түрлери, оқыў ҳәм жумыс орынларында кийетуғын костюмлар, кәйўаны ҳаяллар кийетуғын бешпентлер қойылды.
Сондай-ақ, Гүмисай Раметуллаеваның кестелеген кийимлери менен бирге сувенир буйымлар ҳәм қурақтан исленген музейдеги түп нусқалар тийкарында тигилген керги, шанашлар оның көп излениў ҳәм үйрениўлериниң нәтийжеси болып табылады.
– Бул еки өнермент қыздың басқалардан айырмашылығы соннан ибарат, олар кийимлердеги нағыслардың бәрин қолдан кестелейди, соның ушын да көргизбедеги барлық кийимлер тамашагөйлердиң дыққатын өзине тартпақта. Бул кийимлердиң гезлемелери, сабақ реңлери, нағыслардың өз-ара үйлесими оғада дурыс таңланғанлықтан қызларға жүзикке қас қондырғандай жарасып тур,-дейди музейдиң этнография бөлиминиң баслығы А.Юсупова. – Көргизбениң мақсети кестешилик өнерин еле де раўажландырыў, миллий мийрасларымызды қайта тиклеў арқалы қарақалпақ халқының қол өнерин дүнья жүзине танытатуғын өнерментлердиң қатарын көбейтиў менен бирге ҳақыйқый нусқаларды заманагөй усылда дурыс ислеўге бағдар бериўден ибарат.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы