Университеттиң мәденият сарайында «Кеңпейил Өзбекстан – улыўма үйимиз» сүрени астында өткерилип атырған фестиваль шеңберинде «Жасларды миллетлераралық татыўлық руўхында тәрбиялаўда шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар шөлкемлериниң орны» атамасында ушырасыў кешеси болып өтти. Бул ҳаққында университет баспасөз хызмети хабар бермекте.
Илажда Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Республика «Шаңарақ» илимий-әмелий орайы Тақыятас районлық бөлими, Әжинияз атындағы НМПИ жанындағы халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық Орайынан ўәкиллер, университеттиң профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Ушырасыў шеңберинде университет ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институты студент-жаслары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги