Бүгин, 21-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында саат 17:00 де «Кеңпейил Өзбекстан – улыўма үйимиз» ураны астында өткерилген фестивалдың сыйлықлаў салтанаты ҳәм жуўмақлаўшы гала концерти болып өтеди.

Сондай-ақ, гала концерттен алдын саат 16:00 де театр фоесинде «Жозиба» атамасындағы миллий кийимлер подиумын шөлкемлестириў жобаластырылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.