Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Бердақ миллий музейиниң хызметкерлери тәрепинен академик Чаржаў Абдировтың туўылғанына 85 жыл толыўына арналған илимий-әмелий конференция ҳәм көргизбе шөлкемлестирилди.
Университеттиң мәденият сарайында конференция өткерилип, онда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры А.Реймов, аўыл хожалығы илимлери докторы, профессор М.Ибрагимов сөзге шығып, Ч.Абдиров республикамыздың алдыңғы жоқары оқыў орны болған Қарақалпақ мәмлекетлик университетин жүдә машақатлы ҳәм аўыр жылларда басқарып, өзиниң пүткил ақыл, билим ҳәм күш-қуўатын, басшылық қәбилетин шеберлик пенен жумсай алғанын, заманласлары арасында абырай арттырып, жәмәәтте аўызбиршилик ҳәм татыўлықты жолға қойған инсан екенин атап өтти.
Ч.Абдиров келешек әўладларға өзинен үлкен из қалдырды. Оның басшылық ҳәм инсаныйлық қәсийетлери ҳәммемизге өрнек болып хызмет ететуғыны илажда айрықша атап өтилди.
– Ҳәр бир халықтың мақтаныш ететуғын тулғалары болады. Олар билимин, күшин Ўатанының раўажланыўы ушын жумсап, пидайы мийнетлери арқалы халқының, заманласларының ядында мәңги сақланады, – дейди университет ректоры А.Реймов. – Усындай уллы инсанлардың бири, устаз Чаржаў Абдиров болып табылады. Ол қысқа өмиринде көп ғана ийгиликли ислерге басламашы болып, халқымызға тынбай хызмет етти. Ол өзиниң мийнеткешлиги, талапшаңлығы, жоқары дәрежедеги билими арқалы халық абырайына еристи. Медицина илиминиң раўажланыўына өзиниң салмақлы үлесин қосты, республикамызда жетик кадрларды жетистирип шығарды. Бүгинги күнде оның шәкиртлери халық хожалығының барлық тараўларында мийнет етпекте.
Ол Қарақалпақстан медицина хызметкерлери арасынан шыққан биринши илим кандидаты, илим докторы ҳәм академиги ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң биринши ректоры болып есапланады. Сондай-ақ, ол Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси депутаты, Олий Мажлистиң Қоршаған орталықты ҳәм тәбиятты қорғаў мәселелери бойынша комитети баслығы, Өзбекстан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлими баслығы лаўазымларында жемисли мийнет етти.
Усы күни университеттиң Бердақ миллий музейинде академик Ч.Абдировтың мийнет жолы, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ашылыў тарийхына, сондай-ақ, илимпаздың өзине тийисли буйымларынан ибарат 100 ден аслам экспонатларды өзинде жәмлеген көргизбе ашылды.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.