Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 18-декабрь күни Ташкент қаласындағы «Халықлар дослығы» көркем өнер сарайында жоқары оқыў орынлары студентлери арасында ҳәр жылы дәстүрий тәризде өткерилип киятырған «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының финал басқышында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Туран» командасы қатнасып, сыйлы 2-орынды ийеледи ҳәм 20 000 000 сумлық утыслы сертификат пенен сыйлықланды.
Талантлы, билимли ҳәм зийрек жасларымыздың бул табыслары тек ғана институт жәмәәти ушын емес, пүткил Қарақалпақстан ушын мүнәсип байрам саўғасы болды, десек қәтелеспеген боламыз.
– Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан бойынша 91 жоқары оқыў орны жумыс алып барып атырған болса, олардың ҳәр бириниң усы таңлаўға қатнасатуғын командалары бар. Бирақ, барлық басқышлардан табыслы өтип, финал басқышында қатнасыў және сыйлы орынды ийелеў барлық командаларға да несип ете бермейди. Булардың барлығы тынымсыз мийнет, излениў, тиккелей институт басшылығының жәрдеми ҳәм бәршемиз бир команда болып ҳәрекет етиўимиздиң нәтийжеси болып есапланады, – дейди команда сәрдары Дәстан Бектурсынов.
20-декабрь күни Нөкис темир жол вокзалында «Туран» командасы ағзалары институт администрациясы, жаслар аўқамы белсендилери, ғалаба хабар қураллары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасыўында салтанатлы күтип алынды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.