18-декабрь күни пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы, Өзбекстан көркем өнер дөретиўшилери бирлеспеси ағзасы белгили художник Абдулла Раджабовтың 65 жыллығына бағышланған «Реңлер кәрўаны » атамасындағы жеке көргизбеси ашылды.
Оған белгили художниклер, көркем өнер изертлеўшилери, ҳәм оқыўшы жаслар, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Көргизбеде художниктиң 70 нен аслам ҳәр түрли атамадағы ҳәм түрли жылларда жаратылған дөретпелери орын алған.
Әсиресе, автордың пейзаж жанрындағы «Алтын гүз», «Гүжим», «Алма бағы», «Әмиўдәрья», «Үлкемизде гүз», «Канал бойында», «Жаз», «Жийде гүллери», «Әтиргүллер» ҳәм басқа да картиналарында үлкемиздиң тәкрарланбас бай тәбиятын көриўимизге болады.
Сондай-ақ, художниктиң дөретпелеринде үлкемиздиң тарийхый орынларына болған үлкен қызығыўшылықты арттырады.
Оның «Гүлдирсин», «Қой қырылған қала», «Хийўа», «Қорғасын қала», «Шылпық», «Аяз қала» сыяқлы картиналарында өлмес мәдений мийрасларымыз өз сәўлелениўин тапқан.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы