Алдын хабар бергенимиздей, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Туран» командасы ҳәр жылы Өзбекстан жоқары оқыў орынларының студентлери арасында дәстүрий түрде өткерилип киятырған «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының финал басқышына жоллама алған еди.
18-декабрь күни Ташкент қаласындағы «Халықлар дослығы» көркем өнер сарайында болып өткен финал басқышында өз қәбилетлерин көрсете алған «Туран» командасы ағзалары жәми 11,7 балл топлап, 2-орынды ийеледи ҳәм 20 миллион сумлық утыслы сертификатты жеңип алды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.