Жақында Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрында «Баҳадыр Батыр ҳаққында ертек» атамасындағы ертек спектакльниң премьерасы өткерилди.
Спектакль Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының оқытыўшысы Жаббар Хожанов қәлемине тийисли болып, оны режиссёр Қоблан Қәлилаев сахналастырған.
Спектакль сюжетлери аўылда жасаўшы халық даўасы жоқ кеселлик пенен аўырып, сол аўылда жасаўшы дийқанның баласы Баҳадыр адамларды аяққа турғызыў ушын ийти Жоллы менен бирге Дуўаханның елине шыпалы шөпти излеп жолға атланады. Жолда Қыдыр атаның ақылын алып жолын даўам етеди. Жаман нийетли Боран, Әжел, Мәмелек, Айдарха Баҳадырдың жолын тосып, өзлериниң жаўыз нийетин әмелге асырмақшы болады. Тилекке қарсы, жаманлық үстинен жақсылық жеңиске ериседи.
Солай етип, театр актёрларынан М.Байниязов (Баҳадыр), С.Темирханов (Жоллы,Боран), Қ.Қырғызбаев (Дуўахан,Қыдыр ата), А.Жақсимов (Әжел, Айдарҳа), А.Гүлимбетов (Мәмелек), У.Қазақбаева (Қыз) лар өзлерине тапсырылған рольлерди шеберлик пенен атқарып шықты.
Спектакль – таңланған музыка ҳәм ҳәр түрли сахана декарациясы менен спектакль балаларға жақсы тәсир қалдырды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы