Республикамызда ҳаял-қызлардың өз кәсибине болған пидайылығын ҳәм дөретиўшилик қәбилетин хошаметлеў арқалы олардың профессионаллық дәрежесин көтериў, мийнет нәтийжелилигин тәмийинлеў, сондай-ақ, жәмийетлик искерликке кең қамтып алыў, ҳәр тәреплеме өрнек бола алатуғын ҳаялларды анықлаў дәўир талабы болып табылады. Атап айтқанда, олардың жумысын кең жәмийетшиликке жақыннан таныстырыў, алдыңғы турмыс ҳәм жумыс тәжирийбесин ғалабаластырыў, шаңарақта ҳәм перзент тәрбиясында өрнек болыў менен бирге жәмийет турмысында белсене қатнасып киятырған ҳәр қыйлы тараў ийелери болған ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў мақсетинде дәстүрий түрде «Жыл ҳаялы – 2018» миллий таңлаўы өткерилмекте.
Таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышында қала ҳәм районлардан жәми 70 ҳаял-қыз қатнасып, олардан ең жоқары балл топлағанларды «Жыл ҳаялы» сыйлығының 10 номинациясы бойынша Ташкент қаласында болып өтетуғын финаллық басқышқа жоллама алды.
Таңлаўда төрешилер қурамы қатнасыўшылардың ҳүжжетлериниң сапасына ҳәм номинация талапларына сайлығына, мийнет искерлигиндеги жетискенликлерине, өз тараўына киргизген жаңалықларына, сондай-ақ, олардың сөйлеў, кийиниў мәдениятына итибар қаратты. Таңлаўда қатнасыўшылардың жумысы, шаңарақта ҳәм жәмийетте тутқан орны ҳаққында таярлаған видеороликлери де айрықша баҳаланып, кем тәмийинленген, имканияты шекленген ҳаял-қызларға көрсеткен қайырқомлық жәрдемлери де инабатқа алынды.
Жақында Қарақалпақстан Жас тамашагөйлер театрында усы номинациялар жеңимпазларын ҳәм таңлаўда белсене қатнасқан ҳаял-қызларды сыйлықлаў мәресими болып өтти. Онда Нөкис қаласынан М.Турымбетова «Өз кәсибиниң устасы болған жыл ҳаялы», Шоманай районынан Т.Машарипова «Жылдың ең белсенди илимпаз ҳаялы», Төрткүл районынан З.Джаббарова «Жылдың ең алдыңғы исбилермен ҳаялы», Беруний районынан М.Қурбанова «Жылдың ең жақсы дөретиўши ҳаялы», Хожели районынан Н.Турдымуратова «Жылдың ең патриот ҳаялы», Елликқала районынан А.Матниязова «Жылдың ең күшли руўхый-ағартыўшылық бойынша үгит-нәсиятлаўшысы», Әмиўдәрья районынан З.Сапарова «Жылдың пидайы шыпакер ҳаялы», Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен жаслар устазы И.Сейтназарова «Жылдың ең жанкүйер устазы», Кегейли районынан Қ.Бегжанова «Жылдың ең белсенди саламат турмыс тәризин шөлкемлестириўши», Шымбай районынан Қ.Қурбанова «Жылдың ең жаңа идеялар ойлап табыўшысы» номинациялары бойынша жеңимпаз деп табылып, республикалық басқышқа жоллама алды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова қатнасты.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.