Пайтахтымыздың Юнусабад районындағы Шыңғыс Айтматов көшесинде уллы жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткердиң естелигине арнап орнатылған ескерткиш – барельефтиң ашылыў мәресими болып өтти.
Илажға Қырғызстаннан келген делегация ўәкиллери, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары, түрли министрлик ҳәм уйымлардың, жәмийетлик шөлкемлердиң, миллий мәдений орайларының, дипломатиялық корпус ўәкиллери, жазыўшы ҳәм шайырлар, жаслар қатнасты.
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы Сирожиддин Саййид, Қырғызстан мәденият, мәлимлеме ҳәм туризм министриниң орынбасары Бақтбек Секимов ҳәм басқалар уллы ағартыўшы жазыўшы тек ғана қырғыз ели емес, ҳәзирги ўақытта пүткил түркий мәмлекетлер, соның ишинде, өзбек халқы ушын да әзиз ҳәм қәдирли тулға екенин атап өтти. Президентимиздиң 2018-жыл 2-апрельдеги «Уллы жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер Шыңғыс Айтматовтың 90 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша мәмлекетимизде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, «Шыңғыс Айтматов ҳәм Өзбекстан» атамасындағы естелик китабы, жазыўшы дөретпелериниң топламы басып шығарылды. Шығармалары тийкарында жаңа спектакльлер сахналастырылды.
Бүгин болса Ташкент қаласының орайлық көшелеринен бирине жазыўшының исми берилип, оның естелиги орнатылды. Қысқа ўақытта уллы жазыўшының исми менен аталатуғын бул көшеде абаданластырыў ҳәм жаңа барельефти орнатыў жумыслары әмелге асырылды. оның әтирапындағы пиядалар жоллары кеңейтилип, абаданластырылды.
– Бүгин Ташкент қаласында үлкен байрам. Өзбек ҳәм қырғыз халқы арасында дослық байланысларын беккемлеўге хызмет еткен Шыңғыс Айтматовқа орнатылған естелик ашылмақта, – дейди Қырғыз миллий жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары Нурманбек Тынышлыбек. – Жазыўшы регионымыздың тынышлығы, оның келешеги ҳәм раўажланыўы, халықларымыз арасында дослық ҳәм аўызбиршиликти және де беккемлеўде пидәкерлик пенен минет етти. Өзбекстандай жәннет мәканда уллы жазыўшымыздың естелигин мәңгилестириў мақсетинде жаратылып атырған ҳүжжетли фильмлер, жазыўшы шығармалары тийкарында жаңа спектакль сахналастырылып атырғаны, Ташкент қаласының орайлық көшелиринен бирине жазыўшының исми берилгени бизди жүдә қуўандырады. Оның көп қырлы дөретиўшилиги еки туўысқан халық арасындағы дослық байланысларын буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.
Жазыўшының дерлик барлық шығармалары өзбек тилинде басып шығарылған. Оның «Жәмийла», «Қызыл шалғышлы дилбарым», «Ботакөз», Биринши муғаллим , «Ана жер ана», «Разы бол, Гүлсары» сыяқлы көплеген шығармалары китап оқыўшыларының жоқары ҳүрметине сазаўар болды.
– Шынғыс Айтматовтың естелигин мәңгилестириў мақсетинде Ташкент қаласынының орайлық көшелеринен бирине жазыўшының исми берилип, оған естелик орнатылыўы бийкар емес, – дейди Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, шайыр Эшқобил Шукур. – Мақсет атақлы жазыўшының өмир жолы жасларымыз ушын жоқары өрнек үлгиси болсын. Шынғыс Айтматовтың өлмес көркем мийрасы халықларымыз турмысында барқулла айрықша әҳмийетке ийе. Оның гуманизм идеялары, миллий ҳәм улыўма инсаный қәдириятларға қаратылған жетик шығармалары мәмлекетимизде көплеген тиражда басып шығарылмақта. Ҳәр бир шығарма бизди ҳәмийше сергекликке, қәлбимизди, руўхымызды пәк сақлаўға шақырады. Егер мен бираз қыйын жағдайға түссем Шыңғыс Айтматовтың шығармаларын оқыйман.
Илажда жазыўшының естелигине гүллер қойылып, уллы тулғаның естелигине ҳүрмет көрсетилди. Оның улыўма инсаныйлық қәдириятлар ҳәм мийрим-шәпәәт сезимлери жоқары перделерде жырланған жетик көркем дөретпелери, ибратлы өмири ҳәм жәмийетлик белсендилиги ҳаққында сөз болды.
Усы күни Өзбек миллий академиялық драма театрында Шыңғыс Айтматовтың естелигине бағышланған руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Х.Султонов, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы миллий орайының директоры А.Саидов ҳәм басқалар белгили жазыўшының өмир жолы ҳәм жәмийетлик белсендилиги, миллий әдебиятымыз ҳәм мәдениятымыздың раўажланыўына, дүнья халықларының руўхый дүньясын байытыўға қосқан айрықша үлеси ҳаққында сөз етти.
Қырғыз жазыўшысы, мәмлекетлик, жәмийетлик ғайраткер, Қырғызстан халық жазыўшысы, Қырғызстан Илимлер академиясының академиги атақлары ийесиниң дөретпелери тәсиршеңлиги, өзине тәнлиги, әҳмийетли ўақыя-ҳәдийселер ҳаққында жазылғаны менен ажыралып турады. Жазыўшы шығармаларында өткир сюжет, күшли ишки руўхый қарама-қарсылықлар, ўақыялар сәўлелендирилиўинде терең таллаў, муҳаббат, жақсылық, гөззаллық көринеди.
Еки туўысқан халық ўәкиллериниң қатнасыўында өткерилген бул илаж Шыңғыс Айтматовқа шексиз ҳүрмет-иззеттиң көриниси болып табылады. Жазыўшы тек ғана қырғыз ели ушын емес, ҳәзирги ўақытта түркий мәмлекетлер, соның ишинде, өзбек халқы ушын да әзиз ҳәм қәдирли тулға еди.
– Президентимиздиң қарары тек ғана қырғыз халқының уллы жазыўшысына емес, ал пүткил әдебият ықласбентлерине көрсетилген ҳүрметтиң көринси, – дейди филология илимлериниң докторы, профессор Ҳамидулла Балтобаев. – Бул қарар өзбек халқы ушын әзиз ҳәм қәдирли тулға, уллы жазыўшыға жоқары ҳүрмет-иззет белгиси сыпатында туўысқан қырғыз халқы менен жақын қоңсышылық ҳәм дослық байланысларын буннан былай да беккемлеўде, әдебият, мәденият тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе.
Белгили жазыўшы тек ғана қырғыз елиниң емес, ал пүткил дүньяның уллы шахсы, өз сөзи, орны, қәдир-қымбаты жоқары адам еди. Оның көплеген шығармалары пүткил дүньяда китап оқыўшыларының ҳүрметине ылайық болған.
Қарарда атап өтилгениндей, өткен әсирдиң 80-жылларында бурынғы Орай тәрепинен шөлкемлестирилген «өзбек иси», «пахта иси» сыяқлы наҳақ сиясий кампаниялар ўақтында Шыңғыс Айтматовтың әдалат ҳәм ҳақыйқат жыршысы сыпатында халқымыздың абырайын үлкен минберлерде турып мәрдана қорғағанын ел-журтымыз ҳәмийше миннетдаршылық пенен еслейди.
Мәмлекетимиз тәрепинен «Дўстлик» ҳәм «Буюк хизматлари учун» орденлери менен сыйлықланғаны да соннан дәрек береди.
Белгили жазыўшының шахсы, өмири ҳәм дөретиўшилиги жас қәлем ийелери ушын жоқары ибрат мектеби есапланады.
– Өтмишин умытқан, сезими жоқ, барлық нәрсеге итибарсыз, бойсыныў менен буўрықты орынлаўдан басқасын билмейтуғын, нәзик сезимлери сөнген манқурт образын сүўретлеў жазыўшы дөретиўшилигиниң әҳмийетли қырларынан бири болған, – дейди Өзбекстан жазыўшылар аўқамының баслығы Сирожиддин Саййид. – Ш.Айтматовтың шығармалары дүньяның көплеген тиллерине аўдарылып, жүз миллоннан аслам тиражда басып шығарылған. Усы мағлыўматтың өзи-ақ жазыўшы шығармаларының қаншелли оқыўшысы көп екенин билдиреди.
Жазыўшы естелигине бағышланған илимий конференциялар, елимиздеги жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер. улыўма орта билимлендириў мәкемелери, әскерий бөлимлер, мийнет жәмәәтлери ҳәм мәҳәллелеринде белгили шайыр ҳәм жазыўшылар, илимпазлардың қатнасыўында ушырасыўлар, әдебият кешелер шөлкемлестирилип атырғаны жазыўшы тымсалында пүткил қырғыз халқына көрсетилип атырған ҳүрметтиң белгиси болып табылады.
Илажда «Еки елдиң сүйикли перзенти» атлы ҳүжжетли фильм ҳәм жазыўшы шығармалары тийкарында сахна көринислери, нама-қосықлар жаңлады.
Абдулазиз МУСАЕВ,
Барно МЕЛИҚУЛОВА,
ӨзАның хабаршылары