Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Филология факультетиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарының 3-курс студентлери Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институтындағы қолжазбалар қоры ҳәм археология музейине саяхат етти. Саяхатты шөлкемлестириўден мақсет студентлердиң теориялық билимлерин әмелиятта беккемлеўден ибарат. Бул ҳаққында ӨзА хабаршысы Есимқан Қанаатов хабар бермекте.

– Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң 3-курс студентлери ҳәзирги пайытта «Тил тарийхы» пәнин өтпекте. Мине, саяхат даўамында студентлер усы пәннен алған теориялық билимлерин әмелий жақтан беккемлемекте. Себеби, қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институтының қолжазбалар қорында ески жазыўлар, өткен әсирде халық арасынан жыйналған халық аўызеки дөретпелериниң қолжазбалары, таспалары сақланбақта. Буларды өз көзи менен көрип, қол менен услаў басқаша тәсир етеди, – дейди Филология факультетиниң деканы Азамат Абдиев. – Сондай-ақ, институттағы археология музейинде де илимде бийбаҳа естеликлер экспонатқа қойылған. Олардың ишинде Ақшахан, Кердери ҳәм т.б. мәдений мийрасларын тамашалаўға болады. Студентлер усы жерде Қарақалпақстан аймағынан табылған б.э.ш. V әсирге тийисли ески жазыўларды да тамашалады.

Саяхатшыларды айрықша қызықтырғаны бул қарақалпақ фольклорының көлеми тек 100 томнан ғана ибарат емес, 200 том да емес, ал 500 томнан асатуғынлығы ҳаққындағы мағлыўмат болды.

Илим-изертлеў институты хызметкери, қәниге-илимпаз Гүлбәҳәр Нуратдинованың мәлим етиўинше, айырым ертек, дәстанлардың бирнеше онлаған вариантлары бар. Олар өткен әсирдиң 30-жылларынан баслап халық арасынан жыйнап алынған ҳәм бүгинги күнде институттың қолжазбалар қорында сақланбақта.

– Усы илим-изертлеў институты фондында көп жыллық мийнет тәжирийбемнен келип шығып анық айта аламан, егер биз жарыққа шығарған «Қарақалпақ фольклоры» 100 томлығының изин даўам ететуғын болсақ, усы фондта 500 томнан асатуғындай материал бар. Оларды халқымыз еле көрмеди, – дейди Гүлбәҳәр Нуратдинова. – Мәселен, алдын қарақалпақ ертеклери 10 том болып шыққан болса, сонда биз 560 ертекти ғана баспаға жибергенбиз. Ал, негизинде 2500 ертек бар еди.

Ҳәзир илимпазларымыз усы халық аўызеки дөретпелерине илимий сыпатлама бериў мақсетинде каталоглар дүзиў үстинде жумыс ислеп атыр. Ол каталогларда ҳәр бир қолжазбалар ҳаққында мағлыўмат бериледи: бул қолжазба қашан, ким тәрепинен, қайсы экспедиция тәрепинен жазып алынған, информатор ким ҳәм т.б. Соң ҳәмме бул каталог пенен танысыўы, оннан пайдалана алыўы мүмкин болады.

Бул фондтағы мийраслар арқалы қарақалпақ халқының қаншелли руўхый бай халық болғанлығын дәлийллейди. Бул мийраслар жазба түрде емес, ал аўыздан аўызға ядлап алыў арқалы мың жыллықлардан бизге шекем жетип келген.

Деген менен, өткен әсирде баспада шыққан қарақалпақ фольклорының 20 томлығында көп қате-кемшиликлерге жол қойылды. Баспадағы текст пенен қолжазбаддағы тексттиң арасында бираз айырмашылықлар орын алды. Себеби қызыл империя дәўиринде илимпазларымызға еркин ислеўине, аўызеки мийрасларымыздың сап ҳалында халқымызға инам етилиўине жол қойылған жоқ. Ҳәттеки, Бердақ, Әжинияз, Өтеш шайырлардың қосықларының текстлеринде де көп бурмалаўшылықлар орын алды. Мине, енди мүмкиншилик туўылды. Бүгинги күнде бул шайырлардың дөретпелерине арнаўлы текстологиялық таллаў жасалып, қайтадан сап ҳалында кең жәмийетшилик нәзерине усынылып атыр.

Илим-изертлеў институты  тәрепинен бүгинги күнде 2500 китап, соның ишинде сийрек ушырасатуғын илимий шығармалар да сканерленип, каталогластырылып атыр. Китапханаға ағза болғанлар биймәлел электрон версияларынан пайдалана бериўине болады. Саяхатқа келген студентлер усы жердиң өзинде усы китапханаға ағзалыққа алынды.

Студентлердиң дыққатын және бир тартқаны бул Орайлық Азиядағы ең ески жазыўдың Қарақалпақстаннан табылғаны ҳәмде бүгинлиги бул жазыўдың усы илим-изертлеў институтының археология музейинде сақланып атырғаны болды.

Илимий дәреклерде келтирилиўинше, бу жазыўдың жасы дерлик 2500 жылға тең.

1976-1977 жыллары профессор Мырзамурат Мамбетуллаев басшылығындағы археолог-алымлар топары Үлкен Айбүйирқаланы қазыў пайытында 3 үлкен гүзе таўып алады. Бу гүзелердиң суў ҳәм дән сақлаў ушын жасалғанлығы анықланады. Бул ыдыслардың биринде ушы өткир нәрсе менен жазылған жазыўлар бар екенлиги мәлим болады. Бойы 1 метр келетуғын отта күйдирилген гүзедеги Әййемги Хорезм мәдениятына тийисли бул жазыўлар Орайлық Азиядағы ең ески жазыў сыпатында илимде белгиленген.

Бул жазыў атақлы лингвист илимпаз Владимир Аронович Лившиц тәрепинен оқылған, яғный жазыўларда ыдыстың сыйымлылық көлеми ҳаққында мағлыўмат берилген.

Өз ўақтында ыдыс реставрация исленип, сыйымлылығы өлшеп көрилген ҳәм ыдыс сыртындағы жазыўда келтирилген мағлыўматлар өз тастыйығын тапқан.

Саяхатқа келген студентлер бул жерде басқа да қызықлы экспонатлар ҳәм мағлыўматлар менен танысып үлкен тәсирлер алып қайтты.

Бул сыяқлы илажлар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги