Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты музыкалық тәлим бағдарының студенти Нурмухан Жубатқанов Қазақстан Республикасының «Ерең еңбеги ушын» («Айрықша мийнети ушын») медалы менен сыйлықланды. Бул ҳаққында Facebook социаллық тармағы пайдаланыўшысы Алибек Қудайбергенов мәлим етти.

Қазақ халқының нама дөретиў (күй) өнериниң раўажланыўы ҳәм кең тарқалыўына үлкен үлес қосқаны ушын қарақалпақстанлы жас талант ийеси усы атақлы сыйлыққа мүнәсип деп табылды.

24-ноябрь күни жерлесимизге усы сыйлық салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Мағлыўмат ушын, Нурмухан Жубатқанов 2017-жылы Қазақстан Республикасының Астана қаласында болып өткен «The Spirit Of Desht-I-Kipchak» халықаралық таңлаўында 38 мәмлекет қатнасыўшылары арасынан 2-орынды ийелеген еди.

Қазақстан Республикасының «Ерең еңбеги ушын» медалы 1993-жылдан берли экономика, жәмийетлик турмыс, илим ҳәм мәденияттағы, сондай-ақ, мәмлекетлик басқарыў тараўында айрықша мийнет етип киятырған пидайы инсанларға бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.