«МАРИНС» халықаралық желқомлы кемелер ассоциациясы Арал теңизи ҳәм Мойнаққа экспедиция шөлкемлестириў усынысын билдирди. Оған Россия, Украина ҳәм Қазақстанның тәжирийбели туристлери қатнасыў тилегин билдирген.

Россиялы белгили саяхатшы Елена Кулик туризм тараўына инвестиция киргизиў бойынша биринши халықаралық форум шеңберинде Kun.uz хабаршысына бул ҳаққында интервью берди.

– Жойбарымыз – көп басқышлы. Олардың бирин жақын арада әмелге асырыўды жобаластырып отырмыз – оған бола, март айының ақыры ҳәм апрель айының басларында бир неше желқомлы катамаран Қазақстан аймағынан Өзбекстан аймағына өтеди ҳәм биз оларды белгили фильм қаҳарманы Ассоль сыяқлы жағалаўда күтип аламыз. Арал бүгинги күнде көлге айланған болса да, бул – 200 км. Бул экспедицияны Россияның жетекши саяхатшысы, «МАРИНС» хаткери Анатолий Павлович Кулик басқарады, – деп атап өткен Елена Кулик.

Усы орында соны атап өтиў керек, Анатолий Кулик дүньяда бирден-бир «Желқомлар астындағы катамаран» деп аталған кемеде дүнья бойлап саяхат еткен. Бул адамды суўдан бары-жоғы 60 см ажыратып туратуғын кеме болып табылады.

– Желқомлы катамаран математик илимпаздың өзи тәрепинен жойбарланған. Ол теңиз ҳәм океанларда сынақтан өткен. Оның өзи усы экспедицияға басшылық етеди ҳәм Өзбекстанға желқомлар астында кирип келеди. Бул Аралға, Қарақалпақстан Республикасы аймағына болған итибарды күшейтеди, себеби бул потенциалы жетерлише баҳаланбаған тәкирарланбас аймақ болып табылады. Өзбекстанды схематикалық жақтан үш бөлимге ажырататуғын болсақ, бул, әлбетте, өзиниң өнерментлери ҳәм әжайып тәбияты менен ажыралып туратуғын Ферғана ойпаты, екинши бөлеги Өзбекстанның «алтын қалқасы» – Ташкент, Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа, үшиншиси болса – Қарақалпақстан. Сондай-ақ, бул жерде тәкирарланбас коллекцияны өзинде жәмлеген Игорь Савицкий музейи жайласқан, дүньяның ҳеш бир ноқатында уқсасы жоқ бул музейди адамлар көриўи керек. Өзин ҳүрмет ететуғын ҳәр бир көркем өнер ықласбенти бул жерде болады, енди болса Нөкистен Мойнаққа қарай ҳәрекетлениў имканы бар. Мойнақ – ашық аспан астындағы музей, аянышлы тарийхқа ийе болса да, бәрибир тәкирарланбас музей, өли кемелер музейи. Олар саҳрадағы музлықлар сыяқлы. Енди көз алдыңызға келтирип көриң, экспедиция әмелге асқан жағдайда Арал ҳәм Мойнақ қандай гөззал түске енеди?! Себеби катамаранлар тек ғана суўда емес, ал дөңгелеклерде де ҳәрекетленеди. Булардың ҳәммеси заманагөй саяхатшылар ушын оғада қызықлы, – дейди қәниге.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.