Өзбекстан Республикасы Инновациялық министрлигиниң Kun.uz сайтына берген мағлыўматларына қарағанда, 2018-жылдың 1-ноябрь жағдайы бойынша Өзбекстанда 2377 сырт елли студент билим алмақта. Олардың саны ең аз болғаны Наманган ўәлаяты (2 студент).

Бул бойынша бириншилик көпшилик ойлағанындай Ташкент қаласында емес (293 студент), керисинше, жоқары оқыў орынларының саны үшеў болған Хорезм ўәлаятында (1322 студент) бақланған. Екинши орынды болса Бухара ўәлаяты ийелеген (567 студент).

1-ноябрь жағдайы бойынша Қарақалпақстандағы 6 жоқары оқыў орнында 27 сырт елли студент оқып атырғаны мәлим болды.

Төменде сиз аймақлар кесиминде сырт елли студентлер саны ҳәм олардан экономикаға келип түскен қаржы муғдары көрсетилген инфографика менен танысыўыңыз мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги