Президент Шавкат Мирзиёев 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстанға сапары даўамында Нөкис қаласын көзден өткерип жүрип, жас келин-күйеўдиң той сейилинде жүргенин көрген еди. Мәмлекет басшысы жас келин-күйеўге бахыт тилеп, шаңарағының беккем болыўын тиледи. 17-ноябрь күни келин-күйеўге Нөкис қаласының ең пайызлы орынларының бири – «Қумбыз аўыл» МПЖ аймағынан қурылған көп этажлы жайлардың биринен Президент саўғасы – турақ жай саўға етилди. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, келин-күйеў кешки ўақыт өтетуғын жаслар тойы алдынан Нөкис қаласының шырайлы орынларын айланып жүрген. Олар сейил даўамында аўқатланыў ушын киши бир кафеге кирген. Бир ўақыт олар отырған жерге Президент кирип келип, бахыт тойы менен қутлықлады. Президент жас шаңарақтың тойына саўға сыпатында жай саўға еткен.

Султан ҳәм Ҳүрлиман екеўи де студентлер. Олар Қарақалпақ мәмлекетлик университети Химиялық технология факультетинде 4-курста бир топарда оқыйды. Султанның ата-анасының үйи Қараөзек районының «Мәденият» аўыл пуқаралар жыйынында, келин Ҳүрлиманның үйи болса Нөкис қаласында. Енди олар қаланың заманагөй бөлегинде бирге жасайды.

Сондай-ақ, усы күни мәмлекет басшысы барған 8-санлы шаңарақлық поликлиникаға Президент саўғасы – Спарк автомашинасы, мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында жумыс баслаған «Нәўше» мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине балалар ойыншықлары салтанатлы түрде тапсырылды ҳәм Президент пенен ушырасыўдан соң қатардағы әскер Консерваторияда жеңилликли түрде оқыйтуғын болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги