Нөкис қаласының «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйынында қурылған көп этажлы турақ жайлардың биринши этажында мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ҳәм шаңарақлық поликлиника жайласқан. Бул усы жерде жасап атырған адамларға, әсиресе, жас балалы ҳаяллар ушын оғада қолайлы. Ыссы-суўық күнлерде жолда қатнап жүрмейди, ҳәм қаржысы, ҳәм ўақты тежеледи.

Президент Шавкат Мирзиёев усы мәкемелердиң хызмети менен танысты. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.

Бул жерде 5 этажлы 10 арзан турақ жай қурылған. Оларда шараят ҳәм қолайлықлар жаратылған. «Нәўше» атамасындағы бақша балалардың санасын өсиретуғын ҳәр қыйлы инвентарлар, ойыншықлар, методикалық қолланбалар менен тәмийинленген. Инглис тили, рус тили, шахмат-шашка дөгереклери шөлкемлестирилген.

Шаңарақлық поликлиника аймақтағы 8 мәкан пуқаралар жыйынының 46 мыңнан аслам халқына хызмет көрсетеди. 250 қатнаўға мөлшерленген мәкеме сапалы медициналық хызмет көрсетиў ушын зәрүр үскенелер менен тәмийинленген.

Электрон қабыллаў системасы жолға қойылған. Адамлар үйинде отырып, онлайн тәризде нәўбетке жазылыўы ҳәм белгиленген ўақытта шыпакердиң қабыллаўына келиўи мүмкин. Поликлиниканың өзинде социаллық дәрихана ашылған.

Президентимиз шыпакерлер менен сәўбетте поликлиникаға келгенлерге сапалы хызмет көрсетиў менен бирге аймақтағы халықты патронаж етиў, ҳәр бир адамның температурасын билиў кереклигин атап өтти. Кеселликлерди жазып алыў дәптерлерин электрон формаға өткериў, заманагөй медицина табыслары тийкарында ислеў бойынша көрсетпелер берди.

Усы жерде Абдамбетов көшесинде қурылып атырған көп этажлы арзан турақ жайлар, келешектеги «Nukus City» қалашасының презентациясы өткерилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги