Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев 16-ноябрь күни Арқа-батыс әскерий округине қараслы Нөкис горнизонында болып, хызметкерлерге жаратылған шараятлар менен танысты. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.

Бул горнизон аймағындағы әскерий бөлим, оқыў корпуслары, асхана, сондай-ақ, әскерий қалашадағы бақша, мектеп ҳәм жасаў жайлары жаңаланды. Футбол, теннис, волейбол майданшалары қурылды.

Капитал реконструкцияланған оқыў корпусында мүддетли әскерий хызметкерлер компьютер курслары, исбилерменлик курслары, шет тиллери, математика ҳәм физика бойынша шынығыўлар өткереди.

Және бир имаратта мергенлик, артиллерия, ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў, әскерий топография, әскерий тактикалық арнаўлы ҳәм байланыс таярлығы бойынша теориялық билимин арттырады. Сондай-ақ, бай китап фондына ийе ҳәм заманагөй мәлимлеме қураллары менен тәмийинленген китапхана әскерлер хызметинде. Бул жерде әскерий хызметкерлер видеобайланыс арқалы белгили жазыўшы ҳәм шайырлар менен сәўбетлесиў мүмкиншилигине ийе.

Президентимиз ҳәр қыйлы бағдарлар бойынша өткерилип атырған шынығыўлар процесин көзден өткерди, жаслар менен сәўбетлести.

Әскерлеримиздиң ҳәм физикалық, ҳәм билим жағынан баркәмал болыўы ушын барлық шараятларды жаратып атырмыз. Сол себепли, сизлер бир саат болса да ўақытларыңызды бийкарға өткерместен, китап оқыўыңыз, терең билим алыўыңыз, мәлимлеме технологиялары ҳәм шет тиллерин пуқта үйренип, жасларға өрнек болыўыңыз керек. Өйткени, жаслар бизиң сүйенишимиз, үмитимиз, – деди Президент.

Фортепианода опера атқарған курсант Жамшид Ҳимматовтың оқыўы ҳәм дөретиўшилик жумысларына табыслар тиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги