«National Geographic Traveller» журналы 12-октябрь күни ең ғалабаласқан дем алыс түрлери бойынша ең жақсы туристлик жөнелислери сыйлығы – National Geographic Traveller Awards 2018 ушын даўыс бериў процесин жуўмақлайды. 25 тийкарғы номинациялар бойынша онлайн даўыс бериў 22-июньда басланған еди, деп жазады Daryo.uz.

Рейтингниң «Гастрономиялық туризм» бағдарында Өзбекстан биринши орынды ийелеп турыпты. Елимиз усы бағдарда 33% даўыс топлаған. Оннан кейинги орынларды Италия (21%), Әзербайжан (18%), Франция (13%), Армения (7%), Қубла Корея (5%) ҳәм Швеция (3%) мәмлекетлери ийелеген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги