Мәҳәллениң тәшўишине де, бахтына да шерик ҳаял

11

Мәмлекетимиз Президенти Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына мүрәжатында 2025-жылы ерисилген жетискенликлерди атап өтип, қаншелли аўыр болмасын, халқымыз өзиниң машақатлы ҳәм пидәкерлик мийнети менен үлкен шеклерди ийелегенин атап өтти.

Әсиресе, мәмлекетимиз басшысының 2026-жылды елимизде “Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы” деп жәриялаў усынысы үлкен әҳмийетке ийе болды. Нәтийжеде мәҳәллеге мәнзилли ҳәм жуўапкершиликли қатнас қәлиплеспекте. Дерлик 15 жыллық мийнет жолының тийкарғы бөлеги мәҳәллелер менен байланыслы болған Нөкис қаласындағы “Қутлы мәкан” мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Замира Қутлымуратова да “мәҳәлле абат болса – жәмийет турақлы болады. Инсан разы болса – реформалар өз нәтийжесин береди” деген принципти өзиниң сүренине айландырған.

1967-жылы Шымбай районында туўылған З.Қутлымуратова жаслығынан жәмийетке тез араласыўшаңлығы, зийреклиги менен адамлардың итибарына түсти. 1988-жылы ҳәзирги Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлағаннан кейин 15 жыл муғаллим сыпатында жумыс алып барды ҳәм көплеген экономист-қәнигелердиң жетисип шығыўына өз үлесин қосты.

Бүгинги күнде ол 9 мыңға шамалас халық жасап киятырған “Қутлы мәкан” МПЖ ны басқарып келмекте. Бул мәҳәлле 2 мыңнан аслам шаңараққа тәлим-тәрбия орайы болып хызмет етпекте. Өткен жылы мәҳәлледе қыйтақ жерлердиң суўғарыў системасы жақсыланды, турақлы электр энергиясы ҳәм оптикалық талшықлы интернет тармағы менен тәмийинленди. Ишки жоллар оңланып, “Абат хожалық – абат көше – абат мәҳәлле” нормалары енгизилди ҳәм мәҳәллениң көриниси пүткиллей өзгерди. Мәҳәллени қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў орайына айландырыў жумыслары мақтаўға ылайық.

Сондай-ақ, мәҳәлле аймағындағы 50 ге шамалас саўда дүканы, 4 улыўма аўқатланыў шақапшасы ҳәм тойхана, дәрихана, 3 шаштәрезхана аймақтың көркине көрик бағышлап, адамлардың аўырын жеңиллетип, оларды жумыс пенен тәмийинлеўде қосымша имканият жаратпақта. 2026-жылдың өткен дәўиринде “Кәмбағал шаңарақлар реестри”не киргизилген 203 шаңарақтың 35 и “Жойбарлаў көзқарасы” жойбарлары тийкарында кредит, ссуда ҳәм субсидия ажыратыў, исбилерменликке тартыў арқалы реестрден шығарылды.

Мәҳәлле халқының абат ҳәм пайызлы үйлерде мүнәсип жасаўы ушын мәҳәлледеги 1 мың 710 турақ жайдың ишки ҳәм сыртқы көринисин заманагөй көриниске келтириў, пардозлаў, олардың аймағында тазалаў, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын әмелге асырыў, қыйтақ жерлерге егин егиўди толық тәмийинлеўге итибар қаратылмақта.

Улыўма алғанда, Замира Қутлымуратова ҳәр бир күнин жәмийетлик турмысты илгерилетиў, халықтың мәмлекетлик сиясатқа болған исенимин беккемлеў, ең әҳмийетлиси, инсанлар ушын мүнәсип жасаў орталығын жаратыўға хызмет етип атырған мәҳәлле ақсақалларынан бири.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.