Балаларымыздың қәўипсизлиги өз қолымызда

40

Мәмлекетимизде пиротехника буйымларының нызамға қайшы айланысының алдын алыў бойынша илажлардың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Бирақ, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен анық мақсетли илажлар өткерилиўине қарамастан, республика аймағына шеттен пиротехника қуралларын нызамсыз алып кириў жағдайлары ушыраспақта.

Сонлықтан, ҳәзирги ўақытта пуқараларымыздың, әсиресе, жас өспирим балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын нызамсыз түрде пиротехника қураллары айланысының алдын алыў мақсетинде тийисли уйымлар тәрепинен өткерилип атырған арнаўлы илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының Контрабандаға қарсы гүресиў бөлими хызметкерлери тәрепинен басқа да ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте Қоңырат районы аймағында оператив илажлар өткерилди.

Қалыслардың қатнасыўында әмелге асырылған оператив илажлар нәтийжесинде, азық-аўқат дүканынан 300 дана питарда, усы районда жасаўшы пуқараның үйинен 6000 дана питарда ҳәм 51 дана салют, Хожели районы аймағында “Кобальт” маркалы автомашинадан 2 дана салют пиротехника қураллары анықланды.

Жәми дәслепки баҳасы 25 миллион сум болған 6353 дана пиротехника қураллары айғақлы дәлил ретинде алып қойылды.

Ҳәзирги ўақытта бул жағдайлар бойынша нызамға муўапық сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.