Латвия елшиси: Өзбекстанды Орайлық Азиядағы стратегиялық әҳмийетли орай сыпатында көремиз

27-ноябрь күни мәмлекетимизге жаңадан тайынланған сырт ел елшилери тәрепинен исеним жарлықларын тапсырыў салтанатлы мәресими болды.
Өзбекстан Президенти жаңадан тайынланған елшилердиң исеним жарлықларын қабыл етти. Мәмлекетимиз басшысы өз миссиясын баслап атырған дипломатиялық ўәкилханалардың басшыларын қызғын қутлықлады.
Мәресимнен соң Латвия Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Гиртс ЯУНЗЕМС өз пикирлери менен ортақласты:
– Өзбекстан менен турақлы тарийхый байланысларымыз бар. Мен ушын ең әҳмийетли ўазыйпа еки мәмлекет арасындағы экономикалық бирге ислесиўди жаңа, жоқары басқышқа алып шығыў болып табылады. Латвия әллеқашан Европа Аўқамына кириў жолында Өзбекстан ушын стратегиялық арқа дәрўаза ўазыйпасын атқармақта. Бул темир жол байланыслары, тиккелей ҳаўа қатнаўлары ҳәм автомобиль транспорты болып есапланады. Бул инфраструктура имканиятларынан толық пайдаланып, бирге ислесиўимизди кеңейтиў ҳәм жаңа басқышқа көтериў мүмкин.
Өзбекстанды Орайлық Азиядағы стратегиялық әҳмийетли орай сыпатында көремиз. Сонлықтан, еки тәреплеме пайдалы бирге ислесиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды раўажландырыў тийкарғы әҳмийетке ийе. Мәлимлеме-коммуникация технологиялары, электрон коммерция, сондай-ақ, жасыл технологиялар ҳәм дәстүрий өнимлер тараўында үлкен перспективалар бар екенлигин көрип атырман.
Мәмлекетлик хызметлерди нәтийжели шөлкемлестириў, санластырыў, аўыл хожалығы жойбарларын әмелге асырыў, сертификатлаў ҳәм стандартластырыў тараўындағы тәжирийбемизди Өзбекстан менен белсене бөлиспектемиз. Бул болса мәмлекетиңиздиң Европа Аўқамына экспорт потенциалын және де арттырыўға хызмет етеди.
Сондай-ақ, университетлер арасында көплеген биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта. Жаңа билимлендириў бағдарламаларын енгизиўде де тығыз бирге ислесип атырмыз. Бул бағдарда избе-из мийнет ҳәм даўамлылық тийкарғы фактор болып есапланады.
Министрлер дәрежесиндеги сапарлар алмасыўы және де көбирек болатуғынына үмит етемен. Бул сапар етиўлер ҳәм бизнес, ҳәм мәдений бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға хызмет етеди. Сол себепли, сапарлар бағдарламасы ҳәм алмасыўына айрықша итибар қаратып атырман.
ӨзА